Кегейли районында 2022-жылдың биринши шерегинде хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

15.04.2022 17:08:30 129 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районында 2022-жылдың биринши шерегинде хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

 

Кегейли районында 2022-жылдың биринши шерегинде хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында” ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районында 2022-жылдың биринши шерегинде хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М.Ниязовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәмде тийисли мәкеме, қәрхана, шөлкемлер тәрепинен Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың 2022-жылдың биринши шереги даўамында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, А.Аманбаев), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ. Алланазаров) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде орынланыўы ҳәм жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын илажлар белгилеў ҳәм күнлик мониторинг жүргизиў;

– ҳәр он бес күнде бағдарламада белгиленген ўазыйпалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў;

– жумыссыз пуқараларды кәсипке оқытыў ҳәм исбилерменлик жумысларын жолға қойыўға көмеклесиў, оларға таяр бизнес режелер ҳәм жойбарлар усыныў;

– хызметлер тараўын раўажландырыў барысында артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, ҳәр бир аймақтың талабына қарап хызметлер түрлерин кеңейтиў,  аўыллық орынларда транспорт, зиярат туризми, саўда ҳәм басқа да хызмет түрлерин кеңейтиў жумысларын алып барыў ўазыйпалары тапсырылсын.

  1. Акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), Халқ банки Кегейли филиалы (М.Қулмуратов) хызметлер тараўында жаңадан шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик субъектлерине жумысларын баслаўда зәрүр болған кредит қаржыларын өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  2. 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыў барысы ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында талқыланып, жуўапкер басшылардың жумысына сын көз қарас пенен баҳа берип барылыўы белгилеп қойылсын.
  3. Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы депутатлық қадағалаў жүргизсин.
  4. “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов), Кегейли районы ҳәкимлиги мәмлимлеме хызмети (Н.Даўенова) хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  5. Усы шешимниң орынланыўы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.

 

15.04.2022 17:08:30 130