Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилериниң ҳәм сектор хаткерлериниң жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында

15.04.2022 17:06:03 966 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилериниң ҳәм сектор хаткерлериниң жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилериниң ҳәм сектор хаткерлериниң жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилериниң ҳәм сектор хаткерлериниң жумысларының нәтийжелилиги туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Мәҳәллелердеги исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша айырым ҳәким жәрдемшилериниң ҳәмде айырым сектор хаткерлериниң халықтың мүрәжатлары менен ислесиўде қәте-кемшиликлерге жол қойып атырғанлығы атап өтилсин.
  3. Аймақлардағы исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ҳәким жәрдемшилери пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм буннан былай болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахсларға интизамий жуўапкершилик жаза шаралары қолланылатуғынлығы ескертип өтилсин.
  4. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, Б.Давлетов, Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А.Төремуратов) пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, орынлардағы ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери менен биргеликте:

-аймақларда исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ҳақыйқый социаллық шараятынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылатуғын ўазыйпалардың орынланыўын еле де жеделлестириў;

-жумыссыз пуқараларды, биринши гезекте жумыссыз жаслар ҳәм
ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўде субсидиялар ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыўға айрықша итибар каратыў;

– пуқаралар жыйынлары кесиминде шаңарақларда сораўнамалар тийкарында әмелге асырылыўы тийис жумысларды системалы даўам еттириў;

– “Жол карта”ларында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды белгилеў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы сектор басшылары (Д.Утемуратов, Қ.Бекмуратов,
    Н.Адилбеков, С.Даўлетбаев):

– тастыйықланған кесте тийкарында өткерилетуғын көшпели қабыллаўларды өз ўақтында шөлкемлестириў ҳәм пуқаралардың мүрәжатларында келтирилген машқалалардың унамлы шешилиўин толық қадағалаўға алыў;

– өткерилген көшпели қабыллаўлардың жуўмағы менен пуқаралардың  муражат карточкаларын өз ўақтында толтырып барыў ҳәм белгиленген есабатлардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына өз ўақтында усынылыўын тәмийинлесин

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовқа жүкленсин.
15.04.2022 17:06:03 967