УШЫРЫСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

15.04.2022 17:00:55 233 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 15-апрель күни райондағы “Көк өзек” аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Кыз өссе елдиң көрки” атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға райондағы “Көк өзек” аўыл пуқаралар жыйыны баслығы орынбасары, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Г.Темирбекова хәмде усы аймақтағы оқыўшылардың ата-аналары қатнасты.

Ушырасыў барысында қыз балалардың өспиримлик дәўиринде ушырасатуғын психологиялық өзгерислерге ата-аналар, мәҳәлле ҳәм мектеп жәмәәтиниң айрықша итибар қаратылыўы лазым екенлиги атап өтилди.

 

15.04.2022 17:00:55 234