Сессия мәжилисине район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкемелер ҳәм жәмийетлик бирлеспелер баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ баслығы Д.Утемуратов ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде төмендеги мәселелер көрип шығылды.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилериниң ҳәм сектор хаткерлериниң жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
2 Кегейли районында 2022-жылдың биринши шерегинде хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
- Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығының 2022-жылдың биринши шерегиндеги ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында.
5.Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығының район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
6. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл
13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмәәтшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққында.
7.Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында.
8.Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен
2022-жылдың биринши шерегинде жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша алып барылған жумыслардың барысы туўралы есабаты ҳаққында.
9.Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
10.«Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
11.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
2022 жыл 11-апрельдеги 399-Б-санлы Бийлигин тастыйықлаў ҳаққында.
12. Кегейли районы ҳәкиминиң сессия аралығындағы қабыл етилген айырым шешимлерин тастыйықлаў ҳаққында.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.