ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

13.04.2022 15:37:20 723 Баспаға шығарыў

Мәмлекет пуқаралары туўрысындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекет миллий статистикасының зәрүрли бөлеги есапланади. Бундай мағлыўматлар мәлим ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқалы топланады. Олар тек ғана Республика емес, бәлки Жер жүзи халқының саны, социал жағдайы, дәраматлары сыяқлы бир қанша зәрүрли информацияларды есаплап барыўға хызмет етеди.

БМШ дунья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келиўши бир қатар социал машқалалардың шешими ҳәм де экономикалық көрсеткишлердиң демографиялық көрсеткишлер менен пропорционал түрде өсип барыўын тәмийинлеў ушын ҳәр он жылда кеминде бир мәрте халықты дизимге алыў илажын өткериўди усыныс етеди. Бирақ, Мǝмлекетимизде ғәрезсизликтен кейин кең көлемде халықты дизимге алыў илажы өткерилмаган. Сол себепли, мәмлекетимизде дәслепки мәрте 2023 жылда өткерилиўи нәзерде тутылған халықты дизимге алыў илажына ҳәзирги ўақытта қызғын таярлық көрилмеқде.

Мәмлекетимизде быйылғы жылдан басланған сынаў тәризинде халықты дизимге алыў илажлары 2023 жылда өткерилетуғын дизимге алыў илажына таярлықтың зәрүрли басқышы есапланады. Усы әмелият методикалық, техникалық ҳәм шөлкемлестириўдеги мәселелерди қайта көрип шығыў имканиятын бериўи себепли, бунда қанша көп респондентлер (халық ) қатнасса, сонша көп кемшиликлерди анықлаў ҳәм келешекте бундай жағдайлардың алдын алыўға шараят туўылады ҳәм Республика дәрежесинде болатуғын халықты дизимге алыў илажының сапалы ҳәм нәтийжели өткерилиўи тәмийинленеди.

Бул илажлардың әҳмийетли тәрепи сонда, олар арқалы тек ғана өзимиз емес, бәлким келешек әўлад ушын зәрүрли мағлыўматларды топлаўға ерисемиз. Халықты дизимге алыў нәтийжелери мәмлекеттиң кейинги демографиялық және социал сиясатын белгилеў менен бирге, Республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў прогнозлары ҳәм де дәстүрлерин дүзиўде кең қолланылады. Кейинги он жыллыққа мөлшерленген шаңарақларды қоллап – қуўатлаўға қаратылған социал дәстүрлерди қәлиплестириў, емлеўханалар, балалар бақшалары, мектеплер ҳәм үй-жай қурылысын жойбарлаўда пайдаланылады.

Дизимге алыў нәтийжесинде қәлиплестирилетуғын мәмлекеттеги жумыс бериўшилер ҳаққындағы мағлыўматлар жеке исбилерменликти раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге жол ашады. Бизнес ўәкиллери дизимге алыў мағлыўматлары арқалы мийнет ҳәм де тутыныў базарының жағдайын баҳалаў, талап ҳәм усыныслар зәрүриятын анықлаў мүмкиншилигине ийе болады. Бир сөз бенен айтқанда, халық ҳаққында топланатуғын мағлыўматлар барлық тараўларды раўажландырып, мәмлекетти және де раўажланыўына, жәҳән майданында Жаңа Өзбекстанның жаңаша түсин сәўлелендириўши фактор болып хызмет етеди.

 

Кегейли районы Статистика

болими баслығы:  М.Айтымбетов

13.04.2022 15:37:20 724