«СПИРТЛИ ИШИМЛИК ИШИП УРЛЫҚ ИСЛЕГЕН ШАҲСҚА ҲҮКИМ ОҚЫЛДЫ»

15.03.2022 10:28:22 196 Баспаға шығарыў

Судланыўшы А.О 2021-жыл 18-январь күни саат 22:30 лер шамасында спиртли ишимлик ишкен мəс халында нызамға қарсы раўиште, өзгениң мал-мүлкин жасырын рәўиште талан-тараж қылыў мақсетин гөзлеп Бозатаў районы “Еркиндәря” АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Р.А.ныӊ үйиниң есигин қулпын бузып хəм нызамға қайшы рəўиште үйге кирип, Р.А.ға тийисли болған балалар сумкасының ишинен 1 дана 50.000 сўмлық купюрасын, 1 дана «Vitek» маркалы шаш алыў үскенесин, 1.000 сўмлық 1 дана скотч, 4.000 сўмлық 1 дана тырнақ алыўшы үскенесин, 15.000 сўмлық 1 дана бақаншақ, 1.000 сўмлық 0,65 см болған резинка, 2 коробка хəр қайсысы 2.000 сумнан ибарат болған шырпы, 10.000 сўмлық 1 жуп сырға, 5.000 сўмлық 1 дана “влажная салфетка”ларды жасырын рәўиште урлап талан-тараж қылып ўақыя жеринен жасырынып Р.А.ға жәми 170.000 (бир жүз жетпис мың) сўм муғдарында материаллық зыян келтиргенлиги анықланған.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының 2022-жыл 28-февраль күнги ҳүкимине тийкар А.О.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими “г” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған ис ҳақының 10 (он) пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услап қалған ҳалда
1 (бир) жыл мүддетке мийнет дүзетиў ислери жазасы тайынланды.

Байымбетова Зухра Расбергеновна

Жынаят ислери бойынша

Бозатаў районы суды баслығы

 

 

 

15.03.2022 10:28:22 197