Бозатаў районы прокуратурасының 05.11.2021-жылғы 10.1.364/21-санлы хатына ҳәм Бозатаў районы Қаржы бѳлиминиң 2021-жыл 8-ноябрь күнги 33-санлы буйрығына тийкар бюджет есабынан ажыратылған қаржылардың, айлық ис ҳақылардың туўры есапланыўы, оған теңлестирилген тѳлемлердиң тѳлениўи ҳәм басқада қәрежетлердиң мақсетли сарыпланыўы барысы ҳәм есабатлардың дурыслығы бойынша Бозатаў районы Халық бәнтлигине кѳмеклесиў орайында тексериў ѳткерилгенде, Бозатаў районы бѳлиминиң директоры Б.Ж. ҳәм бас есапшысы А.А. тәрепинен усы мекеме хызметкерлерине 2021-жыл январь, май ҳәм июнь айларында жәми 4.285.621 сўм айлық ис ҳақы артықша тѳлеп бюджет қаржыларын талан-тараж еткенлиги анықланды.
Солай етип, ҳуқықбузар Б.Ж бул ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 61-статьясы 1-бөлими, ҳуқықбузар А.А. Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 61-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты сәдир еткен.
Суд мәжилисинде ҳукықбузарлар Б.Ж. ҳәм А.А.лар айыбларын толығы менен мойынлап, ислеген исинен пушайманлығын билдирип, келтирилген зыянның 3.543.837 сўм пуллар төлегенлигин, қалған пулларды тез күн ишинде тѳлеп бериўин айтып, жеңил жаза тайынлаўды сорады.
Суд, ҳуқықбузар Б.Жға ҳәкимшилик жаза тайынланғанда, айыбын толық мойынлап, ислеген ис-ҳәрекетинен пушайман екенлигин, ҳәкимшилик жуўапкершиликти жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайларын есапқа алып, усы статья санкциясы шеңберинде көрсетилген жәрийма жазасын тайынлаўды лазым тапты.
Суд, ҳуқықбузар А.А.ға ҳәкимшилик жаза тайынланғанда, айыбын толық мойынлап, ислеген ис-ҳәрекетинен пушайман екенлигин, бул түрдеги ҳуқықбузарлық пенен алдында жуўапкершиликке тартылғанлығы, ҳәкимшилик жуўапкершиликти жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайларын есапқа алып, усы статья санкциясы шеңберинде көрсетилген жәрийма жазасын тайынлаўды лазым тапты.
Ис бойынша ҳуқықбузар Б.Ж. ҳәм А.А.лардан мамлекет пайдасына 741.784 материаллық зыян ѳндириўди лазым тапты.
Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының 2022 жыл март 7 күни қарарына тийкар ҳуқықбузар Б.Ж.ты Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшимилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодексиниң 61-статьясы 1-бөлими менен, А.А.ты ҲЖҳКниң 61-статьясы 2-бөлими менен айыплы деп табып, Б.Ж.ға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшимилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодексиниң 61-статьясы 1-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси муғдарында яғный 245.000 сўм жәрийма жазасы тайынлады.
Ҳукықбузар А.А.қа Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшимилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодексиниң 61-статьясы 1-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 5 (бес) есеси муғдарында, яғный 1.225.000 сўм жәрийма жазасы тайынлады.
Байымбетова Зухра Расбергеновна
Жынаят ислери бойынша
Бозатаў районы судының баслығы.