НЕКЕДЕН АЖЫРАТЫЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ДАЎА АРЗА БЕРИЎ ТӘРТИБИ.

01.04.2022 09:24:52 1222 Баспаға шығарыў

Шаңарақ-жәмийеттиң табиий ҳәм тийкарғы буўыны.

Өзбекстан Республикасы Конституциясында шаңарақ мүнәсибетлерине 4 статья 63,64,65,66 статьяларынан ибарат айырықша «Шаңарақ» деп аталған 14-бап арналған. Усы менен Өзбекстан мәмлекети тәрепинен шаңараққа қәншелли итибар берилгенлигин көрсек болады.

Ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир пуқара тыныш-татыў, төгин-шашын жасаса, мәмлекетимиз абад, бай болады, гүллеп жасайды. Мәмлекетимиз ҳәм үлкен бир шаңарақ деп түсиниў мүмкин.

Бунда өз-ара хүрмет ҳәм тәртип-интизам болмаса, шаңарақтың барлық ағзалары өз мәжбүриятларын өтемесе, бир бирине мийрим-шәпаат, сыйласық көрсетпесе, тыныш ҳәм мүнасип жасаў мүмкин емес.

Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң Өзбкстан Республикасы Олий Мәжлисиниң 1998 жыл 30 апрелдеги карары менен жаңа Шаңарақ кодекси қабыл қылынды ҳәм 1998 жыл 1 сентябрден баслап әмелге киритилди.

Усы Кодекстиң 11-статьясында «Шаңарақлық ҳуқықларды қорғаў суд тәрепинен пуқаралық суд ислерин жүритиў қағыйдалары бойынша, усы Кодексте нәзерде тутылған ҳалларда болса, қәўендерлик ҳәм әменгерлик органлары яки басқа мәмлекет органлары тәрепинен әмелге асырылады» деп белгиленген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 37-статьясына муўапық неке ер яки ҳаялдың бириниң өлими яки олардан бири суд тәрепинен өлген деп жәрияланыўы ақыбетинде тамамланады, ерли-зайып бар болғанда неке олардан бири яки ҳәр екеўиниң арзасына көре некеден ажыратыў жолы менен тамамланыўы мүмкин. Зәрүр ҳалларда, егер буны ҳәрекетке уқыпсыз ер яки ҳаял мәплерин қорғаўы нәзерде тутылса, некеден ажыратыў туўрысындағы арзаны оның қәўендери тәрепинен берилиўи мүмкинлиги нәзерде тутылған.

Шаңарақ кодексиниң 40-статьясына тийкар «Некеден ажыратыў туўрысындағы ислер суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы ППКне тийкар даўа ислерин шешиў ушын көрип шығылады» деп белгиленген болса, 42-статьясы 1-бөлиминде «Ер жетпеген балалары болмаған ерли-зайып некеден ажыратыўға өз-ара разы болса, олар некеден пуқаралық ҳалаты дәлалатнамаларын жазыў органларында ажыратылады» деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 4-статьясына тийкар пуқаралық ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўлар бойынша – даўа арза формасында, мүрәжат ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлер судқа электрон ҳүжжет тәризинде жиберилиўи мүмкинли белгиленген.

Некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арза Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 33-статьясына тийкар арзалар жуўапкер турақлы жасап турған яки турақлы бәнт болған орындағы судқа бериледи деп белгиленген. Ал, 34-статьясы 10-хат басында егер талапкердиң ер жетпеген балалары барлығы, сондай-ақ нәгиранлығы яки аўыр кеселлиги себепли ол жуўапкер жасап турған орындағы пуқаралық ислери бойынша районларарлық, район (қала) судына барыўға қыйналса некени бийкар етиў туўрысындағы даўалар талапкердиң жасайтуғын жериндеги судқа усынылыўы мүмкин деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы ППКның 188-189 статьяларына муўапық судта пуқаралық ислери жазба түрде, сол қатары почта арқалы яки электрон ҳүжжет тәризинде арза бериў жолы менен қозғатылады. Арзада төмендегилер көрсетилиўи лазым:

-Арза берилип атырған судтың аты;

-Талапкердиң аты (фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты) ҳәм жасаў орны, егер талапкер шөлкем болса оның аты ҳәм қай жерде жайласқанлығы, сондай-ақ егер арза ўәкил тәрепинен берилип атырған болса ўәкилдиң аты (фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты) ҳәм мәнзили;

-Жуўапкердиң аты (фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты) ҳәм жасаў орны, егер талапкер шөлкем болса оның аты ҳәм қай жерде жайласқанлығы (почта мәнзили) ҳәм реквизитлары;

-талапкердиң талабы;

-Егер даўаны баҳалаў лазым болса, оның баҳасы;

-Талапкер өзиниң талапларына асас қылып көрсетип атырған жағдайлар ҳәм бул жағдайларды тастыйқлайтуғын дәлийллер;

-Жуўапкер менен тартысты судқа шекем шешиў тәртибине әмел етилгенлиги туўрысындағы мағлыўматлар, бул нызамда яки шәртнамада нәзерде тутылған болса;

-Арзаға қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң дизими;

Қалаберсе, некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арза берерде Өзбекстан Республикасының 2020 жыл 06 январь күнги “Мәмлекетлик бажы туўрысында”ғы ЎРК-600-санлы нызамына тийкар 540.000 сум мәмлекетлик бажы пулы ҳәмде Өзбекстан Республикасының 2018 жыл 11 октябрь күнги ЎРҚ-496-санлы Нызамына тийкар 18.900 сум почта қәрежети төлениўи белгиленген.

 

Шымбай районлараралық

пуқаралық ислери бойынша

суды баслығы                                                                  

 М.М.Сапаев

 

01.04.2022 09:24:52 1223