КЕМ ТӘМИЙИНЛЕНГЕН ШАҢАРАҚЛАРҒА МАТЕРИАЛЛЫҚ ЖӘРДЕМ КѲРСЕТИЎ, СОНДАЙ-АҚ, КӘМБАҒАЛЛЫҚ ПЕНЕН ГҮРЕСИЎ КѲЛЕМИН ЖӘНЕ ДЕ КЕҢЕЙТТИРИЎ ИС-ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

31.03.2022 16:52:01 267 Баспаға шығарыў

Бала тәрбиялап атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў системасының нәтийжелилигин асырыў, социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың материаллық тәмийнатын күшейттириў, жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлаўда ғалаба тән алынған халқаралық стандартларды ҳәм автоматласқан ашық электрон баҳалаў механизмлерин енгизиў арқалы напақаларды тѳлеў системасын балалар санасын раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыўға қаратыў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-сентябрден баслап:

а) 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, сондай-ақ, бала           2 жасқа толғанға шекем оны тәрбиялаў напақасы орнына кем тәмийинлеген шаңарақларға балалар напақасы (кейинги орынларда — балалар напақасы) енгизиледи. Бунда, балалар напақасын тайынлаўда:

есапқа алынатуғын балалар жасы 14 жастан 18 жасқа шекем асырылады;

тѳлеў мүддети 6 айдан 12 айға шекем асырылады;

оның муғдарын шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белгилеў тәртиби қолланылады;

б) жалғыз баслы болған пуқараларға, перзенти болмаған яки барлық перзентлери      18 жастан үлкен болған кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем тайынланады.

  1. 2021-жыл 1-сентябрден баслап балалар напақасы ҳәм кем тәмийинлеген шаңарақларға материаллық жәрдем тѳлеўлериниң тѳмендеги муғдарлары белгиленсин:

а) балалар напақасының ҳәр айлық муғдары:

250 000 сўм — 3 жастан 18 жасқа шекем болған бир перзенти ушын, 325 000 сўм — жасы 3 жасқа шекем болған бир киши перзенти ушын;

150 000 сўм — шаңарақтың екинши перзенти ушын қосымша;

100 000 сўмнан — шаңарақтың үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын;

б) кем тәмийинлеген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары —          380 000 сўм.

Бунда, 2021-жыл 1-сентябрге шекем тайынланған 14 жасқа шекем балалары болған шаңарақларға напақа, бала 2 жасқа толғанға шекем оны тәрбиялаў напақасы, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем тѳлеў мүддетлери питкенге шекем, усы түрдеги напақалар ҳәм материаллық жәрдемниң әмелдеги муғдарлары ҳәм оларды тѳлеў мүддетлери сақлап қалынады.

 

 

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры

Кегейли районы бөлим канийгеси

А.Жуманов

 

31.03.2022 16:52:01 268