Майыблығы ҳәм 80 жастан жоқары болған пуқараларға пенсия ҳәм напақалар жасаў мәнзилине жеткерип бериў…..

31.03.2022 16:48:28 223 Баспаға шығарыў

2017-2021 жылларда Мәмлекетимиз басшысы басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир тараўдағы реформалардың тийкарында инсан мәпи ҳәм намысын қорғаў, халықтың турмыс дәрежесин және асырыў менен бир қатарда имканияты шекленген ҳәмде халықтың қорғаўға мутәж қатламын қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Хабарымыз бар, Президентимиздиң 2017-жыл 13-мрттағы ПҚ-2826-санлы қарарына муўапық, пенсия ҳәм напақалар АК «Халық банки» арнаўлы кассалары тәрепинен мәҳәлле пуқаралар жыйынлары имаратында әмелге асырылмақта.

Усы қарарда еркин  ҳәрекетлениў ҳәмде пенсиялар ҳәм напақаларды арнаўлы кассалардан алыў имканиятына ийе болмаған шахсларға пенсия ҳәм напақалар Халық банки тәрепинен олар жасайтуғын орынларға жеткерип бериў белгиленген.

Әсиресе, пенсия ҳәм напақа төлемлериниң өз ўақтында әмелге асырылыўы ушын қаржылар Пенсия қоры тәрепинен мүддетинен алдын ҳәр айдын
14-15-сәнесине шекем толық қаржыландырылмақта (әмелдеги тәртип бойынша
24-сәнесине шекем).

Жоқарыдағыларға муўапық Қараөзек районы АК «Халық банк» филиалының арнаўлы кассалары тәрепинен жатақтағы ҳәм майыплығы болған шахсларға төлемлер үзликсиз олардың жасаў мәнзиллерине жеткерилмекте.

Өз нәўбетинде, Пенсия қоры тәрепинен усы төлемлерди белгиленген тәртипте жеткерип берилиўи үстинен системалы түрде мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Пенсия ҳәм напақалардан туўры таярланыўы ҳәм төлениўи бойынша тексериўлер нәтийжесинде анықланған артықша төлеў суммасының 2021-жыл 1-февраль жағдайына болған қарыздарлығы есаптан шығарылды.

 

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры

Кегейли районы бөлим канийгеси

А.Торемуратов

31.03.2022 16:48:28 224