Пенсия тараӯында усы жылдың 9-февраль куни 752-сан менен Ѳзбекстан Республикасы Нызамына киргизилген ѳзгерислер бойынша тѳмендегилер әмелге асырылыӯы кѳзде тутылған.
- Киргизилген қосымшаларға муӯапық, майыплылық пенсиялары чернобыль АЭС дағы авария ақыбетинде 2-топар майыбы болған шахсларга да тѳлениӯи жолға қойылды.
Алдын тек ғана 1 хам 2ши топар майыпларға тѳленип келинетуғын еди.
- Оқыӯшылар ҳәм студентлер оқыӯы даӯамында, 23-жасқа шекем бағыӯшысын жоғалтқанлық пенсия ҳәм напақасын алыӯ мумкинлиги белгиленди.
Алдын бул турдеги пенсия ҳәм напақа алыӯ 18-жасқа шекем еди.
- Ҳаял адамның пенсиясын есаплаӯда бала кутиминде болган дәӯири 6 жыл ис стаж қосылыӯы белгиленди.
Алдын кѳби менен 3 жыл алынатуғын еди.
Усы жерде бир ескертип ѳтпекшимен, себеби ҳаяллар 55 жаста пенсияға шығыӯ ушын бала кутиминде болған дәӯирин қоспаған ҳалда ең кеми 7 жыл ис стажға ийе болыӯы тийис, сонда ғана жоқарыда келтирилген бала кутиминде болған дәӯири қосып есапланады
Рамуза Жуманазарова
Кегейли районлық бѳлиминиң пенсия ҳәм
напақаларды таярлаӯ (қайта есаплау)
ҳәм олардың тѳлениӯин шѳлкемлестириӯ
сектор аға инспекторы