ҲӘКИМ ҚАБЫЛЛАЎЫНАН СОҢ…

15.03.2022 18:46:00 158 Баспаға шығарыў

⚡️Усы жылдың 11-март сәнесинде Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшыларының қатнасыўында ɵткерилген кɵшпели қабыллаўға Кɵк ɵзек аўыл пуқаралар жыйынынан пуқара Г.Бердимуратова ɵз мүрәжаты менен қатнасып, бағыўшысынан айрылған ҳәм жас ɵспирим перзентлери бар қызының жаңадан салынған турақ жайын электр тармағына жалғаў ушын электр бағаналары менен тәмийинлеўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди.

Бул мүрәжат бойынша сол орынның ɵзинде имканиятлар үйренилип шығылды ҳәм Кɵк-ɵзек АПЖға бириктирилген 3-сектор баслығы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Бүгин, «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети Кегейли районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы тәрепинен мүрәжатта кɵрсетилген мәнзилге барып, үйрениў жумыслары алып барылды ҳәм зәрүрликтен келип шығып 3 дана электр бағаналар орнатылып, мүрәжат унамлы шешим тапты.

15.03.2022 18:46:00 159