Кегейли район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында сектор басшылары, райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шɵлкем баслықларының қатнасыўында түрли бағдарларда орынланыўы тийис болған ўазыйпаларға
арналған гезектеги ушырасыў болып ɵтт и.
Онда, тийкарынан район кɵлеминде Наўрыз улыўма халықлық байрамын жоқары дәрежеде шɵлкемлескенлик пенен ɵткериў бойынша ўазыйпалар белгиленип, жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң жумысларын еле де жетилистириў, әсиресе, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ɵткериў менен байланыслы илажларды ҳәр күни ҳәр бир аймақ кесиминде ɵткериўди шɵлкемлестириў бойынша мәселелер кɵрип шығылып, анық режелер белгилеп берилди.