Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл 29-декабрьдеги VI-42-79-13-184-К/21-санлы шешимине өзгерислер киргизиў ҳаққында

28.03.2022 18:33:11 154 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл
29-декабрьдеги VI-42-79-13-184-К/21-санлы шешимине өзгерислер киргизиў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 25-февральдағы 605-санлы қарарына тийкарланып, Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коффициентлерине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :

1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022жыл 25-февральдағы 605-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2. Кегейли районы бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққындағы районлық финанс бөлиминиң 2022-жыл 4-марттағы
01-35-212120-02-38/21-санлы ҳәм районлық мәмлекетлик салық инспекциясының 25-74-санлы усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының жоқарыда көрсетилген қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен белгиленген жер салығы ставкаларына Халық депутатлары районлық Кеңесине өз аймақларында жайласқан аўыллар ҳәм мәҳәллелер кесиминде жер салығы ставкасына 0,7 ен 3,0 ке шекем кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў бойынша қабыл етилген шешимди қайта көрип шығыў тапсырылғанлығы;
Бунда, Халық депутатлары районлық Кеңеси салық жүгин кескин асырылыўының алдын алыў мақсетинде, физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығына белгиленген (жеке тәртиптеги исбилерменлерден тысқары) ставкасына 2021-жыл ушын жер салығының базалық ставкасын физикалық тәреплер ушын 1,06 коэфицентке, юридикалық тәреплер ушын 1,07 коэфицентке индексациялаў, сондай-ақ олардың экономикалық раўажланыўына қарап аймақлардың жер салық ставкасына белгиленген муғдарда коэфицентлерди қолланыў мүмкин екенлиги нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында”ғы 2021-жыл 29-декабрьдеги VI-42-79-13-184-К/21-санлы шешиминиң қосымшаларына усы шешимниң 5-бәндине муўапық тийисли өзгерислер киргизилсин.
5. Салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 гектар ушын 17920,0 мың сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилген кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер 1-қосымшаға муўапық, физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў бойынша берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 кв.метр ушын 138,0 сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
6. Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясына (С.Даулетбаев) Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен белгиленген салық ставкалары бойынша жер салығы төлеўшилерди өз ўақтында хабарландырыў ҳәм өндирилиўин тәмийинлеў тапсырылсын.
7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына тапсырылсын.

Кегейли районлық аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

мың.сўмда
№ МПЖ, ППЖ ҳәм АПЖлар аты Коэффицент (0,7 ден 3,0 ге шекем) 2022-жыл ушын Жер салығы ставкасы (мың.сўмда)
1 Абат мәкан МПЖ 0,8 14336
2 Абат АПЖ 0,75 13440
3 Ақтуба АПЖ 0,8 14336
4 Бахытлы МПЖ 0,8 14336
5 Гүжим терек МПЖ 0,8 14336
6 Жалпақ-жап АПЖ 0,75 13440
7 Жаңабазар АПЖ 0,75 13440
8 Жүзимбағ АПЖ 0,8 14336
9 Жылўан жап МПЖ 0,8 14336
10 Ишан қала АПЖ 0,8 14336
11 Көк өзек АПЖ 0,75 13440
12 Қумшунгил АПЖ 0,75 13440
13 Қуяшлы МПЖ 0,8 14336
14 Мәденият МПЖ 0,8 14336
15 Нурлы бостан МПЖ 0,8 14336
16 Алтын тала МПЖ 0,8 14336

Физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарда 1 кв.метр ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

сўмда
№ МПЖ, ППЖ ҳәм АПЖлар аты Коэффицент (0,7 ден 3,0 ге шекем) 2022-жыл ушын Жер салығы ставкасы (сўмда)
1 Абат мәкан МПЖ 1 138
2 Абат АПЖ 0,7 96,6
3 Ақтуба АПЖ 0,7 96,6
4 Бахытлы МПЖ 1 138
5 Гүжим терек МПЖ 1 138
6 Жалпақ-жап АПЖ 0,7 96,6
7 Жаңабазар АПЖ 0,7 96,6
8 Жүзимбағ АПЖ 0,7 96,6
9 Жылўан жап МПЖ 1 138
10 Ишан қала АПЖ 0,7 96,6
11 Көк өзек АПЖ 0,7 96,6
12 Қумшунгил АПЖ 0,7 96,6
13 Қуяшлы МПЖ 1 138
14 Мәденият МПЖ 1 138
15 Нурлы бостан МПЖ 1 138
16 Алтын тала МПЖ 1 138

28.03.2022 18:33:11 155