Усы жылдың 26-март күни Кегейли районы балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде спортың аўыр атлетика түри бойинша Бекбергенов Жанназардың 63 жыллығына арнап 2005-жылларда туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспирим ер балалар ҳәм қызлар арасында турнир жарысы болып өтти.
Жарыста районымыз жасларынан 40 оқыўшы ҳамде Қараөзек районы командасы жасларынан дүзилген 20 оқыўшы қатнасты.
Жарыс жуўмағы бойынша шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеңимпазларға диплом ҳам естелик саўғалары тапсырылды.