2022-жыл зүрәәти ушын бийдай өнимин жетистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

24.03.2022 11:33:31 386 Баспаға шығарыў

2022-жыл зүрәәти ушын бийдай өнимин жетистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

2022-жыл зүрәәти ушын бийдай өнимин жетистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясының баслығы Б.Қазақбаевтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги (П.Өтениязов), Кегейли аўыл хожалығы бөлими (Р.Ережепов), Фермер, дийхан хожалығы ҳәм тамарқа жер ийелери кеңеси (М.Шерниязов):
– 2022-жыл зүрәәти ушын бийдай егилген жер майданларына агротехникалық илажларды өз мүддетлеринде ҳәм сыпатлы жүргизилиўин тәмийинлеў;
– бийдай егилген жер майданларында зыянкеслерге қарсы гүресиў илажларды өз ўақтында өткериў ҳәм шарўашылық маллары тәрепинен басқылаўдың алдын алыў бойынша профилактикалық илажларды алып барыў;
– бийдай егилген жер майданларын шербет усылында суўғарыў ҳәм суў ресурсларын үнемлеўге айрықша итибар қаратыў ўазыйпалары жүкленсин.
3. 2022-жыл зүрәәти ушын жазлық бийдай егиси бойынша фермер хожалықлары кесиминде жайластырылыўы 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б. Қазақбаев) жүкленсин.

24.03.2022 11:33:31 387