Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

24.03.2022 11:32:27 228 Баспаға шығарыў

Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар туўралы Кегейли районы аўыл хожалығы бөлими баслығы Р. Ережеповтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлары 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Тастыйықланған аймақларды қәнийгелестириў жѳнелислери жыл даўамында резервтеги аўыл хожалығына мѳлшерленген жерлер бойынша жойбарлар таярлаў ушын тийкар болатуғынлығы белгилеп қойылсын.
4.Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б. Қазақбаев) ҳәм район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (П. Өтениязов) жүкленсин.

24.03.2022 11:32:27 229