Кегейли районында халықты сыпатлы ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
Кегейли районында халықты сыпатлы ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 8-февральдағы
“Ишимлик суў менен тәмийинлеўди жақсылаў” бойынша өткерилген видеоселектр мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2.Кегейли районы ҳәкимлиги (А. Отемуратов), «Қарақалпақсуўтәмийнаты» ЖШЖ Кегейли районы филиалына (А. Таўбаев):
-елатлы пунктлерге үзликсиз таза ҳәм сыпатлы ишимлик суў жеткерип бериў илажларын көриў;
-пуқаралар жыйынлары аймақларындағы ишимлик суў менен тәмийинлеўши суў қудықларының техникалық жағдайлары ҳәм бүгинги күндеги жағдайларын толық көриктен өткериў;
-ишимлик суў менен тәмийинлеў системасындағы анықланған кемшиликлер, халық тәрепинен билдирилип атырған машқалалар ҳәм усынысларды үйренип шығыў ҳәм сапластырыў илажларын көриў;
-ремонт талап етилетуғын ишимлик суў тармақларын белгиленген бағдарламалар шеңберинде сапалы ремонтлаў жумысларын жүргизиў;
-тутыныўшыларға жеткерип берилген ишимлик суў бойынша төлемлерди белгиленген тәртипте ҳәм өз ўақтында өндириўлерин тәмийинлеў;
-халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша комплекс ис-илажларды әмелге асырыў;
-“Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында әмелге асырылыўы тийис болған жойбарларды белгиленген мүддетлерде сапалы әмелге асырыў;
– район аймағындағы орайластырылған ишимлик суўы менен толық тәмийинленбеген ҳәм улыўма тәмийинленбеген аймақларды 2022-2026 жылларда ишимлик суўы менен толық тәмийинлеў бойынша қабыл етилген бағдарламаның өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша турақлы түрде зәрүр илажларды әмелге асырып барсын.
4.Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлықтараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.