Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының 2022-жылдың биринши шереги даўамында халыққа сыпатлы медицина хызметин көрсетиў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

24.03.2022 11:30:18 459 Баспаға шығарыў

Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының 2022-жылдың биринши шереги даўамында халыққа сыпатлы медицина хызметин көрсетиў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының 2022-жылдың биринши шереги даўамында халыққа сыпатлы медицина хызметин көрсетиў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығы М. Досбергеновтың
Кегейли районлық медицина бирлеспеси тәрепинен 2022-жылдың биринши шереги даўамында халыққа сыпатлы медицина хызметин көрсетиў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов):
– аналар ҳәм балалар өлиминиң келип шығыў себеплерин үйрениў ҳәм алдын алыў, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, бирлемши ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў сыпатын асырыў;
– халықтың медициналық мәдениятын асырыў мақсетинде орынларда турақлы түрде репродуктив саламатлық, кеселликлер профилактикасы, некеден алдыңғы медициналық көриктиң әҳмийети бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын жәнеде күшейттириў;
– бюджет қәрежетлери есабынан дәри-дәрмақ ҳәм азық-аўқат өнимлери ушын ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли пайдаланыў бойынша зәрүр илажалар белгилесин.
3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

24.03.2022 11:30:18 460