Кегейли районында 2022-жыл март айында хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында
2021-жыл 14-декабр күнги «Хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдымыздағы баслы ўазыйпалар ҳәмде ҳәким жәрдемшилери жумысын шөлкемлестириў, 2022-жылда мийнет балансы ҳәм бәнтлик бағдарламасын қәлиплестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында» ғы мәселе бойынша кеңейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисиниң 55-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, комуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссия баслығы Ж. Төрениязовтың Кегейли районында 2022-жыл март айында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, қәрхана, шөлкемлер тәрепинен Кегейли районында январь-март айыларындағы 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов, А. Утемуратов, А.Аманбаев), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими
(Қ. Алланазаров) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў;
– хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша жаңа қурылыслар ушын жер майданларын ажыратыўда қолайлы жер орынларын таңлаў;
– жумыссыз пуқараларды, әсиресе ҳаял-қызларды ҳәм жасларды кәсипке оқытыў ҳәмде исбилерменлик жумысларын жолға қойыўға ҳәр тәреплеме көмеклесиў;
– хызметлер тараўын раўажландырыў барысында артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, ҳәр бир аймақтың талабына қарап хызметлер түрлерин кеңейтиў, аўыллық орынларда транспорт, финанслық, банк, туризм, саўда ҳәм басқа да хызмет түрлерин кеңейтиў жумысларын алып барыў бойынша зәрүр илажалар белгилесин.
4. Акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), Халқ банки Кегейли филиалы (М.Қулмуратов) хызметлер тараўында жаңадан шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик субъектлерине олардың талаплары тийкарында зәрүр болған кредит қаржыларын өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеў ўазыйпалары тапсырылсын.
5. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов) 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм орынлаўы бойынша ҳәр он бес күнде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мәлимлеме киргизип барыў жүкленсин.
6. 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыў барысы ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында талқыланып, жуўапкер басшылардың жумысына сын көз қарас пенен баҳа берип барылыўы белгилеп қойылсын.
7. Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы материаллар ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда (Е.Мухамбетов, Н. Даўенова) кең түрде жарытып барылсын.
8. Усы шешимниң орынланыўы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.