Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың
2022 жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардан келип шығып, Республика бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан
2022-жылда Кегейли районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында
“Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардан келип шығып, Республика бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан 2022-жылда Кегейли районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының6 ҳәм 24-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. “Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардан келип шығып, Республика бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан 2022-жылда Кегейли районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. 2022-жылда Кегейли районы аймағында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын социаллық объектлердиң дәслепки мәнзилли дизими 1-қосымшаға, 2022 жылда елатлы пунктлерде ишки жоллар (ишки көшелер)ды оңлаў бойынша ис-режесиниң мәнзилли дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Кегейли районы сектор баслықлары (Д.Утемуратов, Қ.Бекмуртов, Н.Адилбеков, С.Даўлетбаев) 2022-жылда Кегейли районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылатуғын қурылыс-абаданластырыў жумысларын өз ўақтында сыпатлы ҳәм толық алып барыў, ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.
4. Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары (А.Отемуратов) ҳәр шеректе 2022-жылда райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша тастыйықланған ис-илажлар режеси тийкарында исленген жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине есабат берип барсын.
5. Кегейли районы ҳәкимлиги баспа сөз хызмети (Н.Даўенова) ҳәм “Кегейли турмысы” газетасы редакциясына (Е.Мухамметов)2022-жылда райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумыслары бойынша мағлыўматларды район ҳәкимлигининг рәсмий веб-сайтында ҳәмде “Кегейли турмысы” газетасында кеӊ түрде жарытып барыў тапсырылсын.
6. Усы шешимниӊ орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық Кеӊесиниӊ Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Ж.Төрениязов) жуўапкершилигине жүклетилсин.
7. Усы шешим қабыл етилген күннен күшке киреди.