Халықты дизимге алыўда арнаўлы кепилликли мәмлекет органы ҳаққында

02.06.2022 09:05:20 192 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Мәмлекет статистика комитети халықты дизимге алыўда арнаўлы кепилликли мәмлекет органы болып табылады.
Арнаўлы кепилликли мәмлекет органы: дизимге алыў ҳүжжетлер формаларын, дизимге алыўшы хызметкерлер гүўалығы формасын ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды ;
халықты дизимге алыў дәстүрин ҳәм дизимге алыў сораўнама формаларын ислеп шығады ;
дизимге алыў сораўнамалары таярланыўыны ҳәмде аймақларға жеткизилиўини тәмийинлейди;
халықты дизимге алыўды өткериў туўрысында халықты хабарлы етиўге тийисли ислерди муўапықластырады ;
дизимге алыўшы хызметкерлерди таңлап алыў ҳәм оқытыў тәртибин, соның менен бирге шахсқа тийисли мағлыўматларға қайта ислеў тәртипин белгилейди ҳәм оларға қайта ислеў бериўди әмелге асырады ;
дизимге алыў сораўнамалары ҳәм басқада дизимге алыў ҳүжжетлериниң сақланыўы (сондай-ақ ўақтынша сақланыўы) жоқ етилиўи тәртибин белгилейди;
дизимге алыў сораўнамалары ҳәм басқада халықты дизимге алыў ҳүжжетлерин сақлаў ҳәм жоқ етиўди тәмийинлейди.

Кегейли районы Статистика бɵлими

02.06.2022 09:05:20 193