Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

30.08.2021 11:34:26 180 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Г. Қайыпов), Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А. Төремуратов), Өзбекстан Жаслар аўқамы Кегейли районлық Кеңеси (А. Дуйсенбаев):
– жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың избе-из орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгилесин;
– ҳәр айда район ҳәкимлигинде өткерилетуғын мәжилисте жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы мәселе сын көз-қараста талқыланып барылсын.
– “Жаслар дәптери” дизимине киритилген жаслардың машқалаларын шешиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша изшил жумысларды әмелге асырып барсын.

3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

30.08.2021 11:34:26 181