Кегейли районы ҳәкиминиң 2021 жыл 23 июль күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысының 38-санлы баянламасы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халықтың мүрәжатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021 жыл 23-июльдеги “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен жаӊаша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 38-санлы баянламасыныӊ 12-бәнти тапсырмасына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021 жыл 23-июльдеги “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен жаӊаша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 38-санлы баянламасы орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2. Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың халықтың мүрәжатларында орын алып атырған машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
3. Район ҳәкимлиги, сектор басшылары ҳәм барлық тараў басшылары:
– халықтың мүрәжат етиўине еӊ көп мәжбүр болып атырған системалы машқалалар ҳәм олардыӊ келип шығыў себеплерин орынларда, мәҳәллениӊ өзинде сапластырыў;
– бир ҳәпте мүддетте шешилиўи кешиктирилип атырған ҳәмде тәкирарый мүрәжатлардың аўҳалы секторлар кесиминде аймақлар бойынша қайта үйренип шығылып, пайда болып атырған машқалаларды орынларда сапластырыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
5. Район бойынша халықтан еӊ көп мүрәжат келип түскен тараў басшылары-Электр тәмийинлеў кәрханасы (Ж. Ембергенов), «Қарақалпақсуўтәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Кегейли районы филиалы (А. Таўбаев), Халықтыӊ бәнтлигине көмеклесиў орайы (Б.), “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими (С. Нзанов) өз тараўлары бойынша пуқаралар тәрепинен келип түсип атырған мүрәжатларды иркинишсиз қабыллаў ҳәм тез мүддетте тийисли илажлар көриў режиминде жумыс алып барыўды шөлкемлестирсин;
6. Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов) ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларына:
– пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм буннан былай болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахслардың интизамий жуўапкершилигин пуқаралар жыйынлары ўәкиллери жыйналысларында қарап барыў;
– тастыйықланған кесте тийкарында аймақларда халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларын, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәмде сектор ағзаларын қатнастырған ҳалда пуқаралардың қабыллаўын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў;
– қабыллаў барысындағы мүрәжатларда баян етилген машқалаларды тийисли тараў басшылары менен биргеликте тез мүддетте шешиў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық қабыллаўханасына ҳәм сектор басшыларына белгиленген мүддетлерде жазба түрде мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
7. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.