Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында »ғы Нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.
Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарының 2021 жыл 20-сентябрьдеги УУ-02/10-санлы депутатлық сораўы тийкарында Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Кегейли районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Р.Исаковтың Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Район аймағындағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
3. Район ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәмде алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
4. Барлық буўындағы районлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:
– ис ҳүжжетлерин жүритиўде қарақалпақ тилиниң илимий қағыйдалары ҳәм өлшемлерине қатаң әмел қылыў;
– ҳүжжетлер менен ислесиў жумысларын “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызам талаплары тийкарында дурыс жүргизиўди жолға қойыў;
– усы жылдың 1-декабрь сәнесине шекем мәкеме атамасы жазылған сыртқы тақтайша, шығыс ҳүжжетлери, буйрық ҳәм бийликлер ушын қолланылатуғын мәкемениң рәсмий бланк қағазларын, мөрлерин нызам талаплары тийкарында қайта көрип шығыў ҳәм латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтириў тапсырылсын.
5. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (Г.Қайпов), район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси (Р.Исаков), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары:
– аймақлардағы сыртқы жазыўлар, атап айтқанда, реклама ҳәм дағазалар, көргизбели басқа да хабарландырыў текстлери, сондай-ақ, барлық саўда шақапшалары ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынларының атамаларының мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талаплары қағыйдалары тийкарында латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтириў бойынша айқын иләжар белгилеў;
– аймақлардағы географиялық объект атамалары, көшелер, гүзарлар, мәҳәллелер, майданлар, бағларға ҳәм елатлы пунктлериниң басқа да қурамлық бөлеклерине атамалар бериўде Өзбекстан Республикасының “Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында”ғы Нызамының 4-статьясы талапларына қатаң әмел қылыўға миннетленсин ҳәм латын жазыўына тийкарланған әлипбе бойынша тәртипке келтирсин.
6. Халық депутатлары Кегейли районлық кеңесинин депутатлары аймақларда мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талапларының орынланыўы үстинен турақлы түрде жәмәәтшилик қадағалаўын алып барсын.
7. Барлық буўындағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары усы шешимниң орынланыў барысы ҳақкында 2022 жылдың 1-март сәнесине шекем халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериўге миннетленсин.
8. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Р.Исаковқа жүкленсин.