Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында.

30.09.2021 11:26:42 232 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында.

Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы қарақалпақстан Республикасы Нызамының
21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районлық ирригация бөлими баслығы Қ.Примбетовтың суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районлық ирригация бөлими тәрепинен суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
3. Кегейли районлық ирригация бөлими баслығы Қ.Примбетовқа суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, алынған суўды тежеў ҳәм мақсетли пайдаланыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
4. Кегейли районы Ирригация бөлими (Қ.Примбетов), Кегейли районы фермер, дийхан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (М.Шерниязов) аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте:

– фермер, дийхан хожалықларының ҳәм пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлерине суў жеткерип бериўди тәмийинлеў мақсетинде хожалықлар аралық каналлар ҳәмде ишки хожалық жап-салмаларды қазып-тазалаў, гүзги қысқы шор жуўыў ҳәм бәҳәрги суўгарыў жумысларын өз мүддетинде өткериў бойынша айқын илажлар белгилеў;
– исленген жумыслар ҳаққында 2021 жылдың 30-декабрь сәнесине шекем Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мағлыўмат бериў тапсырылсын.
4.Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б. Қазақбаев) ҳәм район ҳәкиминиң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (Б. Аннақулов) жүкленсин.

30.09.2021 11:26:42 233