Район аймағында исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысларын әмелге асырыў ушын ажыратылған жер орынларының архитектура ҳәм режелестириў тапсырмасы ушын жергиликли бюджеттен қаржы ажыратыў ҳаққында

30.09.2021 11:25:28 172 Баспаға шығарыў

Район аймағында исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысларын әмелге асырыў ушын ажыратылған жер орынларының архитектура ҳәм режелестириў тапсырмасы ушын жергиликли бюджеттен қаржы ажыратыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл
20-декабрьдеги “Исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысларын әмелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў тәртиплерин және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 1023-санлы қарарына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл
20-декабрьдеги “Исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысларын әмелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў тәртиплерин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 1023-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2. Район аймағында исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысларын әмелге асырыў ушын ажыратылған жер орынларының архитектура ҳәм режелестириў тапсырмасы ушын жергиликли бюджеттен қаржы ажыратыў бойынша Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А. Отемуратовтың усынысы мақуллансын.
3. Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2021 жыл үшинши шереги дәраматларының режеден артық орынланған бөлеги қаржылары есабынан район аймағында исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысларын әмелге асырыў ушын ажыратылған жер орынларының таярланған 45 дана архитектура ҳәм режелестириў тапсырмасы ушын жәми 44 100 000 (қырық төрт миллион бир жүз мың) сўм муғдарында қаржы ажыратылсын.
4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў турақлы комиссиясына жүкленсин.

30.09.2021 11:25:28 173