Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша мәнзилли дәстүриниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

30.09.2021 11:23:18 279 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша мәнзилли дәстүриниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша мәнзилли дәстүри”ниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша мәнзилли дәстүриниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы район ҳәкими
Д. Утемуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсын.
2. Район ҳәкимлиги тәрепинен районда кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша мәнзилли дәстүриниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар унамлы жумыслардың алып барылып атырғанлығы көрсетип өтилсин.
3. Район ҳәкимлиги ҳәм сектор басшылары (Д.Утемуратов, А.Бекимбетов, И.Салиев, С.Даулетбаев) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– кәмбағаллықты қысқарттырыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, шаңарақ бизнесин (шарўашылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, ыссыхана ҳ.т.б) раўажландырыў;
– пуқараларды өзин-өзи бәнт етиў бойынша жаратылып атырған имканиятлардан кеңнен пайдаланыў ҳаққында орынларда үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў жумысларын алып барыў;
– тастыйықланған кесте тийкарында барлық аймақларда бос жумыс орынлары ярмаркаларын шөлкемлестириў бойынша жумысларына әмелий жәрдем бериўге миннетленсин.
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (А. Аманбаев, А. Отемуратов, А. Сейтимбетов), районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (С. Даўлетбаев) район аймағындағы бос турған объектлер ҳәм қурылыс ушын ажыратылыўы тийис жер участкаларын белгиленген тәртипте исбилерменлерге бериў ҳәм жаңадан қосымша жойбарлар шөлкемлестириў ҳәмде оларды иске түсириў есабынан жаңа жумыс орынларын жаратыў илажларын көрсин.
4. Районлық Кеңес депутатлары аймақларда кәмбағаллықты қысқарттырыў, “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәмде “Жаслар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар үстинен тийисли тәртипте депутатлық қадағалаўын орнатсын.
5. «Кегейли турмысы» газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов), район ҳәкимлиги баспа сөз хызмети (Т.Мухиятдинова) район аймағында кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында материалларды турақлы турде сәўлелендирип барсын.
6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С. Қалханов)на жүкленсин.

30.09.2021 11:23:18 280