Кегейли районлық халық билимлендириў бѳлиминде ҳәмде бѳлимге қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў барысы ҳаққында.

29.10.2021 11:20:53 264 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық халық билимлендириў бѳлиминде ҳәмде бѳлимге қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў барысы ҳаққында.

Кегейли районлық халық билимлендириў бѳлиминде ҳәмде бѳлимге қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. Кегейли районлық халық билимлендириў бѳлиминде ҳәмде бѳлимге қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселе бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы бир қатар улыўма орта билим бериў мектеплеринде тараўға байланыслы болған Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманлары ҳәм Қарарлары, Министрлер Кабинети Қарарлары ҳәмде «Билимлендириў ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумысларында бир қатар кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы кѳрсетип өтилсин.
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (Г. Қайпов), Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлими (Қ. Бекимбетов):
– бир ҳәпте мүддетте улыўма орта билим бериў мектеплери кесиминде мониторинг барысындағы анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын ис-илажлар белгилесин;
– нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде қәте-кемшиликлерге жол қойған улыўма орта билим бериў мектеплери жуўапкер хызметкерлерине қарсы интизамий шара қолланыў;
– кѳрилген илажлар ҳаққында 2021 жылдың 1-декабрь сәнесине шекем Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жаба түрде мәлимлеме бериў тапсырылсын.
6. Кегейли районы ҳәкимлиги (А. Отемуратов, Г. Қайпов, И. Абылбаев,
Б. Аннақулов,) тийисли тараў басшылары менен биргеликте мәкеме, кәрхана, шѳлкемлерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-февральдағы «Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтириўге байланыслы ис-илажлар ҳаққында»ғы 6166-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.
7. Кегейли районы Әдиллик бөлими (С.Асанов) жергиликли мәмлекетлик атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшылары ҳәм жуўапкер қанигелердиң қатнасыўында нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўди шѳлкемлестириўге қаратылған оқыў семинарлар өткериў усыныс етилсин.
8. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

29.10.2021 11:20:53 265