Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығыныӊ 2021 жылдың 9 айы даўамында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

29.10.2021 11:18:43 128 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығыныӊ
2021 жылдың 9 айы даўамында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығыныӊ
2021 жылдың 9 айы даўамында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы
С.Даўлетбаевтың 2021 жылдың 9 айы даўамында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясына (С.Даўлетбаев):
– Кегейли районының 2021 жыл жергиликли бюджетиниң дәраматлар бөлегиниң режедеги белгиленген прогноз кѳрсеткишлериниң ѳз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў;
– қосымша резервлерди излеп табыў, салық қарыздарлығының топланып қалыўына жол қоймаў, қарыздарлықты кемейттириў бойынша айқын илажлар белгилеў;
– пул қаржыларының банктен тысқары айланысының, сондай-ақ хызметлер көлеми ҳәм товар айланысы көлемин жасырыў сыяқлы жағдайлардың алдын алыў бойынша турақлы қадағалаў жумыслары алып барыў;
– салық сиясатындағы өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында орынларда түсиндириў жумысларын алып барыў;

– жергиликли бюджет дараматларының орынланыў жағдайы, қосымша резервлерди анықлаў бойынша исленген жумыслар, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер кесиминде бюджетке есапланған ҳәм әмелде өндирилген, сондай-ақ, салық қарыздарлығы бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы ҳәр шеректе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында есабат берип барыўға миннетленсин.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүкленсин.

29.10.2021 11:18:43 129