Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2021 жылдың 9 айы даўамында райондағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

29.10.2021 11:17:36 151 Баспаға шығарыў

Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2021 жылдың 9 айы даўамында райондағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2021 жылдың 9 айы даўамында райондағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 211-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. 2021-жылдың 9 айы даўамында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығы С.Асановтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлигине:
– ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бойынша мәмлекетлик уйымлар жумысларын муўапықластырыўға қаратылған тийисли илажларды әмелге асырыў;
– район ҳәкимлигиниң шешимлерин рәсмий жәриялаў әмелиятын жолға қойыў ҳәм усы ҳүжжетлер рәсмий веб-сайтта турақлы түрде жәрияланып барылыўын қадағалаў тапсырылсын.
3. Кегейли районы Әдиллик бөлими (А. Асанов):
– мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў тараўындағы жумысын турақлы түрде муўапықластырыў арқалы олардың норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин орынлаўшыларға жеткериў, халық арасында үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысын түптен жетилистириў бойынша тәсиршең илажлар көрсин;
– жаңадан қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўшыларға өз ўақтында жеткерилиўин ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлардың усы бағдардағы жумысларының мониторингин алып барсын;
– мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеўде тийисли илажларды әмелге асырсын;
– мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын раўажландырыўға, олардың мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўине әмелий жәрдемлер көрсетсин;
– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызметлер жумысларын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў тараўындағы жумысларын еледе күшейттирсин;
– пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;
– ҳәр шеректе мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессия мәжилислеринде талқылап барылыўын тәмийинлесин;
– усы шешимниң орынланыў барысы бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 2021-жылдың жуўмағы менен жазба түрде мәлимлеме бериў тапсырылсын.
7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

29.10.2021 11:17:36 152