Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жылдың 9 айы даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында

29.10.2021 11:13:00 158 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жылдың 9 айы даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жылдың 9 айы даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жылдың 9 айы даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– орынларда пайда болып атырған пуқаралар машқалаларының унамлы шешилиўин тәмийинлеў бойынша айқын илажлар белгилесин;
– “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” дизиминен пуқараларды шығарыўда Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 28-апрельдеги 250-санлы қарары талапларына толық әмел етилиўин тәмийинлесин.
3. Кегейли районы халық бәнтлигине кѳмеклесиў орайында (А.Жумабаев) пуқаралар муражатлары менен ислесиў жумысларында кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы атап ѳтилсин, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар кѳриў тапсырылсын.
4. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларына:
– пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм буннан былай болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахслардың интизамий жуўапкершилигин пуқаралар жыйынлары ўәкиллери жыйналысында қарап шықсын;
– аймақларда халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларын, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәмде сектор ағзаларын қатнастырған ҳалда пуқаралардың қабыллаўын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў;
– қабыллаў барысында анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық қабыллаўханасына ҳәм сектор басшыларына белгиленген мүддетлерде жазба түрде мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
5. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары тәрепинен өткерилип атырған «Көшпели қабыллаў»ларда белсендилик көрсетиў, қабыллаў даўамында аймақларда анықланған машқалалы мәселелерди шешиў бойынша белгиленген тәртипте тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларына депутат сораўы менен шығыўды әмелге асырып барыўға миннетленсин.
6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықларына жүкленсин.

29.10.2021 11:13:00 159