Кегейли районы ҳәкиминиң 2021 жыл октябрь айында халықтың мүражатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

29.10.2021 11:10:59 228 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкиминиң 2021 жыл октябрь айында халықтың мүражатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021 жыл 23-июльдеги “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен жаӊаша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 38-санлы баянламасыныӊ 12-бәнти тапсырмасына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021 жыл 23-июльдеги “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен жаӊаша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 38-санлы баянламасы орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
2. Кегейли районы ҳәкими Д. Утемуратовтың 2021 жыл октябрь айындағы халықтың мүражатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
3. Район ҳәкимлиги, сектор басшылары ҳәм барлық тараў басшылары:
– халықтың мүрәжат етиўине еӊ көп мәжбүр болып атырған системалы машқалалар ҳәм олардыӊ келип шығыў себеплерин орынларда, мәҳәллениӊ өзинде сапластырыў;
– шешилиўи кешиктирилип атырған ҳәмде тәкирарый мүрәжатлардың аўҳалы секторлар кесиминде аймақлар бойынша турақлы қадағалаўға алынып, пайда болып атырған машқалаларды орынларда сапластырыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
4. Район ҳәкимлиги ҳәм барлық тараў басшылары өз тараўлары бойынша пуқаралар тәрепинен келип түсип атырған мүрәжатларды иркинишсиз қабыллаў ҳәм турақлы түрде тез мүддетте тийисли илажлар көриў режиминде жумыс алып барыўды шөлкемлестирсин;
5. Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов) ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларына:
– пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм буннан былай болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахслардың интизамий жуўапкершилигин пуқаралар жыйынлары ўәкиллери жыйналысларында қарап барыў;
– тастыйықланған кесте тийкарында аймақларда халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларын, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәмде сектор ағзаларын қатнастырған ҳалда пуқаралардың қабыллаўын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў;
– қабыллаў барысындағы мүрәжатларда баян етилген машқалаларды тийисли тараў басшылары менен биргеликте тез мүддетте шешиў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық қабыллаўханасына ҳәм сектор басшыларына белгиленген мүддетлерде жазба түрде мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
6. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары өзлери сайланған округлери аймағындағы пуқаралардың мүрәжатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша көрилип атырған ис-илажлардың орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын алып барсын.
7. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

29.10.2021 11:10:59 229