Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2021-2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққында.

09.11.2021 11:09:35 218 Баспаға шығарыў

Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2021-2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған
жумыслардыӊ барысы ҳаққында.

Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2021-2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 22-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2021-2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги, экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2021/2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды муўапықластырыў бойынша Кегейли районы аймақлық исши топары (А.Отемуратов):
-2021/2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм шығынсыз өткерилиўин тәмийинлеў бойынша тийисли мекеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы бойынша ҳәр айда тараў басшыларының есабатларын тыңлап барсын;
-белгиленген параметрлерди орынлаўға жуўапкер болған тийисли тараў басшылары белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламаған ямаса қанаатландырарсыз орынлаған жағдайда оларға қарсы белгиленген тәртипте интизамий шаралар көриў бойынша усыныслар киритип барсын;
– район халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде дийхан базарларында азық-аўқат ярмаркаларын турақлы түрде белгиленген кесте тийкарында шѳлкемлестирип барыўға миннетленсин.
-“Темир дәптери” дизиминде турған, сондай-ақ жәрдемге мүтәж шаңарақларды көмир, суйылттырылған газ баллонлары менен өз ўақтында тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
3. Коммуналлық хызмет көрсетиў тараўлары басшылары (Ж. Ембергенов,
С. Нзанов, А. Таўбаев) халықты электр энергиясы, тәбийий газ ҳәм ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
4. Район ҳәкимлиги (Г.Қайыпов), районлық Халық билимлендириў бөлими (Қ.Бекимбетов), районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими
(А. Қайыпов) мектеплерде ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде гүз-қыс мәўсимин үлгили өткериўди тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламаған яки қанаатландырарсыз орынлаған жуўапкер хызметкерлерге қатаң интизамий шара көрилетуғынлығы ескертип өтилсин.
5. Кегейли районы айрықша жағдайлар бөлими (И.Акимов) аймақтағы көп квартиралы үйлердиң гүз-қыс мәўсимине таярлығын үйренип шығыў, бунда:
– кѳп квартиралы үйлердиң ѳртке қарсы қәўипсизлик техникалық нормаларына сәйкеслиги;
– морылар, вентиляция системасының оңлаўдан өткенлиги, тазалаў жумысларының өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырылғанлығына айрықша итибар қаратыў тапсырылсын.
6. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары аймақтағы социаллық тараў объектлеринде (мектеп, балалар бақшалары, емлеў-профилактикалық мәкемелер) гүз-қыс мәўсиминде турақлы ислеўге таярлық жумысларының барысына депутатлық қадағалаў илажларын алып барсын.
7. 2021/2022 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм шығынсыз өткерилиўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында материаллар ғалаба хабар қуралларында турақлы түрде жарытылып барылсын.
8. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

09.11.2021 11:09:35 219