“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлиминиң район аймағында көтере тутыныўшылардың тәбийғий газден нызамсыз пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша алып барып атырған жумысларының барысы ҳаққында.
«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң 2021-жыл
15-ноябрьдеги 01-16-2-6061-санлы хатында көрсетилген район аймағында үйрениў барысында анықланған көтере тутыныўшылардың тәбийғый газден нызамсыз пайдаланыў фактлери ҳаққындағы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығы С.Нзановтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл
25-марттағы “Республика халқын, социаллық тараў объектлерин ҳәм экономикалық тармақларды энергия ресурслары менен тәмийинлеў
ис-илажлары ҳаққында” ғы 56-санлы мәжилис баянламасы ҳәм 2021-жыл
17-сентябрьдеги “Экономикалық тармақлар, социаллық тараў объектлери ҳәм көп квартиралы турақ жай фондын 2021/2022-жылгүз-қыс мәўсиминде турақлы ислеўге таярлаўды тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында” ғы
576-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Отемуратов), “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими (С.Нзанов):
– район аймағындағы тәбийғый газден пайдаланатуғын көтере тутыныўшы кәрханалар ҳәм исбилерменлик субъектлер арасында тәбийғый газден нызамлы пайдаланыў бойынша түсиник жумыслары алып барылсын ҳәм айқын илажлар белгилесин;
-2021/2022-жыллар гүз-қыс мәўсиминде тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў мақсетинде район аймағындағы көтере тутыныўшылардың тәбийғый газден нызамсыз пайдаланыў жағдайларына жол қоймаў, алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша турақлы илажлар алып барылыўын тәмийинлесин.
4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.