Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

14.12.2021 10:55:47 293 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтеги “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында район ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторы баслығы К.Абдиразақованың мәлимлемесин қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтеги “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында район ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторы баслығы К.Абдиразақованың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясына:
– балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм олардың нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў бойынша исленип атырған илажларды мониторинг қылып барыў ҳәм олардың нәтийжелилигин асырыў;
– балалар арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасына тийисли мағлыўматларды топлаў, сақлаў, талқылаў ҳәмде тийисли органлар ҳәм шөлкемлердиң жумысларының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде олардан пайдаланыў;
– системалы түрде пайда болып атырған кемшиликлердиң себебин ҳәм шарт-шараятларын анықлаў, талқылаў ҳәмде оларды ҳуқықты қоллаў тәжирийбеси ҳәм низам жолы менен сапластырыў илажларын кѳриў;
– район аймағындағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша жумысларын муўапықластырыў ўазыйпалары жүкленсин.
3. Жетим балалар ҳәм ата-анасы қарамағынан айырылған балаларды әменгерлик ҳәм қәўендерликке алған «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шаңарақларға усы балалар 18 жасқа толғанша Қарақалпақстан Республикасы бюджети қосымша дереклери есабынан базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында материаллық жәрдем бериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныс киритилсин.
4. Қарақалпақстан Республикасы бюджети қосымша дереклери есабынан базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында материаллық жәрдем берилиўи ушын усынылып атырған шаңарақлардың дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына (М.Аймуратов) жүкленсин.

14.12.2021 10:55:47 294