Кегейли районлық орайлық емлеўхана қапталынан кѳп тармақлы поликлиника ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў мәкемесиниң имаратлары қурылысы бойынша усыныс бериў ҳаққында

14.12.2021 10:53:52 1077 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық орайлық емлеўхана қапталынан кѳп тармақлы поликлиника ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў мәкемесиниң имаратлары қурылысы бойынша усыныс бериў ҳаққында

Кейинги ўақытлары район аймағында жасаўшы кѳп санлы пуқаралардан халыққа медициналық хызмет кѳрсетиў жумысларыын жақсылаў бойынша бир қатар усыныслар билдирилип, онда 1986 жылы қурылған районлық емлеўхана имараты ҳәзирги заман талапларына жуўап бермейтуғынлығы, емлеўхана имараты қапталында қосымша медициналық хызмет кѳрсетиў бойынша емлеў-профилактикалық мәкемелери имаратларының болмаўы себепли бүгинги күни қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў бѳлими масластырылған имаратта жайластырылыўы нәтийжесинде наўқасларға қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиўде ѳзиниң кери тәсирин тийгизип келмекте.
Сондай-ақ районлық кѳп тармақлы поликлиника имараты ески жойбар тийкарында қурылған болып, ханалары ҳәм коридордың тарлығы, қәнийгеликтеги шыпакерлерге ханалар жетиспеўшилиги себепли пуқараларға сапалы медициналық хызмет кѳрсетиўде бир қанша машқалалар пайда болмақта.
Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң ҳәмде кѳп санлы пуқаралардың районлық орайлық емлеўхана қапталынан кѳп тармақлы поликлиника ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў мәкемесиниң имаратларының жаңадан қурылыс жумысларын алып барыў бойынша усынысларын қарап шығып ҳәмде пуқараларға медициналық хызмет кѳрсетиўди буннан былайда жақсылаў мақсетинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң ҳәмде кѳп санлы пуқаралардың районлық орайлық емлеўхана қапталынан кѳп тармақлы поликлиника ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў мәкемеси имаратларының жаңадан қурылыс жумысларын алып барыў бойынша усыныслары мақуллансын.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов) районлық орайлық емлеўхана қапталынан кѳп тармақлы поликлиника ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем кѳрсетиў мәкемесиниң имаратлары қурылысы мәселесин 2022 жылдың мәнзилли бағдарламасына киритиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министрлигине усыныс киритсин.
3. Усы шешимниӊ орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде район ҳәқиминиң орынбасарларына (А.Отемуратов, Г.Қайпов) жүклетилсин.

14.12.2021 10:53:52 1078