Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының 2021-жыл даўамында халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
Кегейли районлық медицина бирлеспеси баслығының 2021-жыл даўамында халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының
21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Кегейли районлық медицина бирлеспеси баслығы М. Досбергеновтың
2021-жыл даўамында халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов):
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрь күнги “Медициналық профилактика жумыслары нәтийжелилигин жәнеде асырыў арқалы жәмәәт саламатлығын тәмийинлеўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4891-санлы қарарының орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў;
– бюджет қәрежетлери есабынан дәри-дәрмақ ҳәм азық-аўқат өнимлери ушын ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли пайдаланыў;
– халыққа медициналық хызмет көрсетиў сыпатын жәнеде жақсылаў бойынша анық ис-илажлар режесин ислеп шығыў;
– аналар ҳәм балалар өлими келип шығыў себеплерин үйрениў ҳәм алдын алыў бойынша зәрүр шараларды көриў;
– халыққа көрсетилетуғын медициналық хызмет жағдайлары, кеселликлердиң алдын алыў, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, бирлемши ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў сыпатын асырыў;
– халықтың медициналық мәдениятын асырыў мақсетинде орынларда турақлы түрде репродуктив саламатлық, кеселликлер профилактикасы, некеден алдыңғы медициналық көриктиң әҳмийети бойынша үгит-нәсият жумысларын жәнеде күшейттириў ўазыйпалары тапсырылсын.
3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.