Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жыл даўамында алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

14.12.2021 10:51:44 243 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жыл даўамында алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2021-жылдың 11 айы даўамында алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2021-жылдың 11 айы даўамында алып барып атырған жумыслары туўралы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығы И.Хожаниязовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. Мәжбүрий орынланыў бюросы Кегейли районы бөлимине (И.Хожаниязов):
– Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгилеў;
– тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр жағдайға түсип қалған қарыздар шахслардың мәнзилли дизимин қәлиплестириў, олар менен жеке тәртипте ислесиў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў;
– мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери процесси ўақтында даўлы жағдайларды келтирип шығаратуғын себеплерди анықлаў ҳәм халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, пуқаралар жыйынлары ўәкиллери менен биргеликте оларды сапластырыў иләжларын көриў;
– район ҳәкимлиги ҳәмде тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте хатланған мал-мүлклерди саўда ярмаркаларында сатыўды шөлкемлестириў иләжларын көриў;
– мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыў процесси ўақтында нызамлылықты тәмийинлеў тапсырылсын;
3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқык мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

14.12.2021 10:51:44 244