Халыққа жәмийетлик транспорт хызметин кѳрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында

14.12.2021 10:50:33 147 Баспаға шығарыў

Халыққа жәмийетлик транспорт хызметин кѳрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында

Халыққа жәмийетлик транспорт хызметин кѳрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Халыққа жәмийетлик транспорт хызметин кѳрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А. Отемуратовтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Район ҳәкимлиги (А. Отемуратов), тийисли шөлкемлер менен биргеликте:
– район аймағындағы автобус жөнелислерин халықтың саны, тығызлығы, район орайынан қашықлығы, социаллық объектлердиң жайласыўы сыяқлы факторларды ҳәмде халықтың ѳтиниш-тилеклерин инабатқа алып жѳнелислердиң рентабеллигин үйренген ҳалда жөнелислерди қайта кѳрип шығыў ҳәм аймақларда жаңа жѳнелислерди ашыў бойынша усыныс киритсин;
– транспорт системасына байланыслы хызметлер сапасын жақсылаў бойынша елатлы пунктлердиң жайласыўына қарап бәндиргилер қурыў;
– зәрүр жағдайларда хызмет көрсетип турған бәндиргилерди оңлаў;
– жол белгилерин қайта көрип шығыў ҳәм талап етилетуғын орынларға жол белгилерин ҳәм светофор орнатыў бойынша усыныс киритип барыў;
– жәмийетлик транспорты жѳнелислеринде жол кирей ҳақы муғдарының тийкарсыз кѳтерип жибериў жағдайларының алдын алыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын;
3. Халыққа жәмийетлик транспорт хызметин кѳрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселе ҳәр шеректе халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессиясында сын көз-қараста талқыланып барылсын.
4. Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа ҳәр айда еки мәрте район аймағындағы барлық транспорт жөнелислери бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша тийисли жуўапкер басшылардың есабатларын еситип барыў, пайда болған машқалаларды орынларда ҳал етип барыў бойынша айқын иләжлар белгилеп барсын.
5. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте орынларда жәмийетлик транспорт хызметлериниң сапасын ҳәм аўҳалын турақлы түрде үйренген ҳалда депутатлық қадағалаўын алып барсын.
6. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына (Ж.Тѳрениязов) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.

14.12.2021 10:50:33 148