“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймағында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

30.12.2021 10:48:56 134 Баспаға шығарыў

“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймағында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймағында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1 “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймағында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселе бойынша Өзбекстан Жаслар агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы
А. Төремуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Өзбекстан Жаслар агентлиги Кегейли районлық бөлими тәрепинен “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде бир қатар жумыслар әмелге асырылғанлығы атап өтилсин.
3. Кегейли районы ҳәкимиги (Г.Қайпов), Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли айонлық бөлими (А.Төремуратов), Ѳзбекстан Жаслар аўқамы Кегейли районлық Кеңеси (А.Дуйсенбаев), Кегейли районы туризм ҳәм спорт бөлими ҳәмде тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды ҳәр тәреплеме өсип жетилисиўи ушын зәрүр шарт-шараятлар жаратыўда мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда белсене қатнасыў;
– жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, жас исбилерменлерге кредитлер ажратыў, жасларды кәсипке таярлаў ҳәм тәжирийбесин асырыў, фермерлик тараўын раўажландырыў бойынша қоллап-қуўатлаў жумысларын урақлы түрде алып барсын.
– бес әҳмийетли басламаны әмелиятқа толық енгизиўге қаратылған “Спортты сүй”, “Биз – Жаңа Өзбекстан жасларымыз”, “Биз бир жәмәәтбиз” сүрени астында ғалабалық спорт иләжларын ҳәм жарысларын системалы түрде өткерип барыў;
– спорттың жүриў, жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол түрлерин ғалабаластырыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде орынларда ҳәр бир мәҳалледе, елатлы пунктлерде дене тәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен шуғылланыўы ушын шарт-шараятлар жаратыўға көмеклесиў тапсырылсын.
4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының толық орынланыўы үстинен депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теӊлик мәселелери комиссиясына жүкленсин.

30.12.2021 10:48:56 135