Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2021 жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында

30.12.2021 10:47:45 511 Баспаға шығарыў

Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2021 жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында

Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2021-жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2021жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы ҳаққында район прокуроры Қ. Бекмуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Г.Сайтов), Балалар мәселелери бойынша секторы (К. Абдиразақова), районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов), Өзбекстан Жаслар агентлиги районлық бөлими (А. Төремуратов) районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы (А. Жумабаев), районлық халық билимлендириў бөлими (Қ. Бекимбетов):
– орынларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, бунда әсиресе шаңарақ ҳәм турмыста жүз берип атырған жынаятлардың алдын алыў, олардың өсимине жол қоймаўға қаратылған профилактикалық илажларды талап дәрежесинде алып барыў;
– халықтың жасаў орынларында, мийнет жәмәәтлеринде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм мәдениятын асырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлық, жынаятшылық, өз жанына қаст етиў сыяқлы жағдайлардың алдын алыў менен байланыслы илажларды турақлы түрде алып барыў тапсырылсын.
3. Райондағы мәмлекетлик басқарыў, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлары басшылары коррупцияның алдын алыў ҳәм бундай унамсыз жағдайларға жол қоймаўдың барлық шараларын көрип барсын.
4. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органлары басшыларына пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың муражатлары менен ислесиўде “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызам талапларының бузылыўына жол қойылмасын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

30.12.2021 10:47:45 512