Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында

30.12.2021 10:44:47 853 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Райондағы сектор басшылары (Д.Утемуратов, Қ.Бекмуратов, Г.Саитов, С.Даулетбаев):
-пухаралардың ҳуқуқ ҳәм еркинликлерин қорғаў, олардан келип түскен мүрәжатларды унамлы шешиў жумысларын тийисли мәкеме ҳәм кәрхана басшылары менен биргеликте сыпатлы орынланыўын тәмийинлесин ҳәм жеке жуўапкершилиги белгилеп қойылсын;
– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық
қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың тийисли тараўлар менен биргеликте өз ўақтында унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм халық мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алсын;
– халық мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелерде өз-ара татыўлық ҳәм ҳүрмет орталығын беккемлеўге айрықша итибар қаратсын.
3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары тәрепинен өткерилип атырған «Көшпели қабыллаў»ларда белсендилик көрсетиў, қабыллаў даўамында аймақларда анықланған машқалалы мәселелерди шешиў бойынша белгиленген тәртипте тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларына депутат сораўы менен шығыў ҳәм басқа да тәсир шараларын көриўди әмелге асырып барыўға миннетленсин.
4. Район ҳәкимлиги (М. Ниязов), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары:
– пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм буннан былай болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахслардың интизамий жуўапкершилигин тийисли мәжилислеринде қарап шықсын;
– ҳәр ҳәптеде тастыйықланған кесте тийкарында аймақларда халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларын, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәмде сектор ағзаларын қатнастырған ҳалда пуқаралардың қабыллаўын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў;
– қабыллаў барысында анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық қабыллаўханасына ҳәм сектор басшыларына белгиленген мүддетлерде жазба түрде мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықларына жүклетилсин.

30.12.2021 10:44:47 854