Кегейли районы әдиллик бөлими тәрепинен 2021 жыл даўамында алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2021 жыл даўамында Әдиллик бөлими тәрепинен алып барылған жумыслары есабатын қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 211-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығы С.Асановтың Кегейли районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2021-жыл даўамында алып барылған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы Әдиллик бөлими (С. Асанов):
– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларына итибарды еле де күшейтириў, олардың ҳәр бир машқалаларын шуқыр ҳәм ҳәр тәреплеме үйренип, мүражатлардың жуўапларын унамлы ҳәм өз мүддетинде қайтарылыўын тәмийинлеў;
– мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў тараўындағы жумысын турақлы түрде муўапықластырыў арқалы олардың норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин орынлаўшыларға жеткериў, халық арасында үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысын түптен жетилистириў бойынша тәсиршең илажлар көрсин;
– жаңадан қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўшыларға өз ўақтында жеткерилиўин ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлардың усы бағдардағы жумысларының мониторингин алып барсын;
– мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеўде тийисли илажларды әмелге асырсын;
– мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын раўажландырыўға, олардың мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўине әмелий жәрдемлер көрсетсин;
– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызметлер жумысларын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў тараўындағы жумысларын еледе күшейттирсин;
– пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;
– ҳәр шеректе мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессия мәжилислеринде додалап барылыўын тәмийинлесин;
3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.