Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери, жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

09.03.2022 09:52:10 221 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери, жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери ҳәм жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Н.Адилбековтың жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери ҳәм жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый жағдайлар туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары ҳәм басқада жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте:
– жәмийетшилик тәртипти сақлаў жынаятшылыққа қарсы гүресиў, олардың алдын алыў ҳәмде профилактикалық жумысларды алып барыўда кең жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди жәнеде күшейттириў;
– ҳәр бир жүз берген жынаятты пуқаралар жыйынларында додалаўды тәмийинлеў;
– ҳуқықбузарлық профилактикасын күшейттириў, профилактика иләжларын өз ўақтында толық өткерилиўин тәмийинлеў иләжларын көриў;
– жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша мәҳәллелерде кең жәмийетшилик ҳәмде ата-аналар қатнасында профилактикалық илажларды күшейттириў, сондай-ақ, оларды ғалаба хабар қураллары арқалы жарытылыўын тәмийинлеў;

– район аймағында түнги рейдлер шөлкемлестириў ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен өзи хызмет етип атырған аймақта ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оларды оператив анықлаў ҳәмде жынаятшылыққа жол қоймаў бойынша профилактикалық илажлардың нәтийжелигин асырыўды тәмийинлеў тапсырылсын.
3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

09.03.2022 09:52:10 222