Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестиция бөлими баслығыныӊ аймаққа инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў нәтийжесинде жаңа жумыс орынларын жаратыў барысы ҳаққындағы есабаты туўралы

09.03.2022 09:50:57 179 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестиция бөлими баслығыныӊ аймаққа инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў нәтийжесинде жаңа жумыс орынларын жаратыў барысы ҳаққындағы есабаты туўралы

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының 2022-жыл
4-февральдағы СҚ-478-IV-санлы Қарарының 9-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен район аймағында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў нәтийжесинде жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы А.Аманбаевтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен район аймағында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими тәрепинен район аймағында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
3. Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими (А. Аманбаев) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– 2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы тийкарында 2022-жыл ушын белгиленген инвестиция жойбарларының тастыйықланған тармақ кестесинде көрсетилген мүддетлерде иске түсириў ҳәм белгиленген жаңа жумыс орынларының жаратылыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилеў;
– халық арасында пуқараларды исбилерменликке тартыў бойынша түсиник жумысларын алып барыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша айқын илажлар белгилеў;
– хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, аўыл хожалығы, шарўашылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў ҳәмде басқа да ислеп шығарыўға байланыслы жаңа қосымша жойбарларды шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў илажларын көриў;
– жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериўге миннетленсин.
4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатларына аймақлардағы инвестиция жойбарларының орынланыўы ҳәм белгиленген жаңа жумыс орынларының толық жаратылыўы үстинен қатаң депутатлық қадағалаў орнатыў тапсырылсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәмде тараўлар бойынша район ҳәкиминиң орынбасарларына жүкленсин.

09.03.2022 09:50:57 180