Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

09.03.2022 09:45:29 1135 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы мүрәжатлар бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги “Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-31-санлы қарарының орынланыўы бойынша 2022-жыл февраль айындағы ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2.Айырым мәҳәллелердеги халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң субсидиялар ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыўда алып барып атырған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
3. “Е. АУКЦИОН” сайты арқалы жайластырылған жер майданларын ажыратып бериў бойынша “Нурлы бостан” МПЖ, “Абат” АПЖ, “Ийшан қала” АПЖ, “Жылўан жап” МПЖ, “Мәденият” МПЖ, ”Халқабад” МПЖ, “Көк өзек” МПЖ, “Қумшунгул” АПЖ, “Бахытлы” МПЖ, “Қуяшлы” МПЖ, “Гүжим терек” МПЖ аймақларынан бирде-бир пуқара таңлаўға қатнасыў шөлкемлестирилмегенлиги атап өтилсин.
4. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов), мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Н. Асқарбаев), мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте:
-ҳәр бир мәҳәллениң социаллық-экономикалық раўажланыў жөнелислери бойынша үйме-үй дизим тийкарында шаңарақлардың ҳақыйқый социаллық шараятынан келип шыққан ҳалда айма-ай әмелге асырылатуғын ис-илажлар режесин сөзсиз орынлаў;
-жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы дарамат дерегине ийе болыў мақсетинде оларға субсидиялар ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыў бойынша жумысларды еле де жеделлестириў;
-пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Е-АУКЦИОН” сайтына жайластырылған жер майданларын ажыратыў бойынша үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларын алып барыўды шөлкемлестириў;
-жумыссыз пуқараларды, биринши гезекте жумыссыз жаслар ҳәм
ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын алып барыў;
– үй алды қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, үй шараятында дийханшылық, шарўашылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, нәл жетистириў сыяқлы жумыслар менен шуғылланыўды жолға қойыўға көмеклесиў;
– мәҳәлле халқына көрсетилип атырған коммуналлық хызметлер сыпатын үйрениў, анықланған кемшиликлерди тийисли шөлкемлер менен биргеликте орынларда шешиў, инфрадүзилмени жақсылаў бойынша усыныслар менен шығыў ҳәм әмелге асырып барыў тапсырылсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовқа жүкленсин.

09.03.2022 09:45:29 1136