Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясы баслығының 2021-жыл даўамында район аймағында қоршаған орталықты қорғаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясы баслығының район аймағында қоршаған орталықты қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясы баслығы Ж. Узақовтың район аймағында қоршаған орталықты қорғаў бойынша 2021-жыл даўамында алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселе бойынша баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясына (Ж. Узақов) пуқаралар жыйынлары ҳәмде басқада тийисли шөлкемлер менен биргеликте:
– “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша мәнзилли бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;
– 2022-жыл бәҳәр мәўсиминде терек ҳәм мийўе нәллерин егиў жумысларын әмелге асырыў ушын жер майданларының туўры таңланыўын қадағалаў;
– “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбары мәнзилли бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, аймақларда саялы ҳәм мийўе нәллери егисиниң сыпатлы алып барылыўы үстинен турақлы мониторинг жүргизиў ҳәм нәтийжеси бойынша Халық депутатлары районлық Кеңесине мағлыўмат берип барыў;
– жер, суў, тоғайлар ҳәм қорғалыўы тийис басқада табийғий аймақлар, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы, атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳәмде олардан пайдаланыўда нызамшылыққа әмел қылыўы бойынша қадағалаўды қүшейттириў;
– район аймағында фермер ҳәм дийхан хожалықларының егислик жерлеринде, жайлаў ҳәм басқа да жер участкаларында, атыз шеллери, жап-салмалар, коллектор-дренаж тармақлары жағаларында боян тамыры өнимин таярлаўда тәртипсиз жыйнап алыў салдарынан жарамсыз жағдайларға келип қалыў фактлериниң алдын алыў;
– шығындылар менен байланыслы болған жумысларды әмелге асырыў бағдарында нызамшылыққа әмел қылыўы бойынша тийисли қадағалаў жумысларын алып барыў;
– пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары, Таза ҳудуд МУК Кегейли бөлими менен биргеликте турмыслық шығындыларды жыйнаў, тасыў, утилизация қылыў, қайта ислеў ҳәм көмип таслаў бойынша тийисли жумыслардың алып барылыўын нәтийжели шөлкемлестириў;
– шығындыларды жыйнаў пунктлерине өз ўақтында алып шығыў, рухсат етилмеген орынларда шығындылардың пайда болыўына жол қоймаў, шығынды полигонларында жыйналып қалған шығындыларды утилизация қылыў, қайта ислеў ҳәм көмип таслаў бойынша жумысларды белгиленген тәртипте қатаң қадағалаўға алыў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
3. Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясына (Ж. Узақов), мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А.Сейтимбетов), пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары бәҳәр мәўсиминдеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының нәтийжелилигине ерисиў, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың ҳәм режелердиң толық орынланыўын тәмийинлесин.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б.Қазақбаев) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Абылбаевқа жүклетилсин.