Кегейли районы аймағында үй-жай қурылысы, ипотека базарын раўажландырыў ҳәм халықты турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы 2021-жылда әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында

17.02.2022 09:42:56 351 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағында үй-жай қурылысы, ипотека базарын раўажландырыў ҳәм халықты турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы 2021-жылда әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 15-март күнги “Үй жай қурылысы ҳәм ипотека базарын раўажландырыўға байланыслы баслы ўазыйпалардың әмелге асырылыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў ҳаққында” ғы КҚ-203-IV-санлы қарарына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары
А. Отемуратовтың базар принциплерине тийкарланған үй-жай қурылысы, ипотека кредитлерин ажыратыў ҳәм халықты турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы 2021-жылда әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары “Халқпарвар” комиссиясы ағзалары менен биргеликте:
-2022-жылда жаңадан қурылатуғын үй-жайларға жер майданларын ажыратыў, қурылыс жумысларын сыпатлы әмелге асырыў ҳәм өз мүддетинде жуўмақлаў, үй-жайға мүтәж шаңарақлар дизимин қәлиплестириў, ипотека кредити, субсидиялар алыўшылар арасында қаржыларды әдалатлы бөлистириў барысында жумыслар үстинен жәмийетшилик қадағалаўын орнатыў;
-тараўда бюрократиялық ҳәм басқа да тосықлардың алдын алыўға қаратылған илажлар алып барыў;
– үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж шаңарақлар ушын жаратылып атырған имканиятлар, оларды қаржы жағынан қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда ипотека кредитлери, субсидиялар ажыратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәҳәллелерде мәнзилли үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў;
-ҳәр шеректиң жуўмағы менен район ҳәкимлиги тәрепинен ипотека кредитлери арқалы халықты үй-жай менен тәмийинлеўге тийис аймақлық бағдарламалардың ҳәм олардағы мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўын қадағалап барыўға миннетленсин.

– Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж шаңарақларды анықлаў жумысларындағы дизимлерин қәлиплестириў, қаржы жағынан қоллап-қуўатлаў, қурыўшы жеке меншик шөлкемлерди үй-жай қурылысы тараўына кеңнен тартыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары районлық Кеңестиң сессиясында сын көз-қараста талқыланып барылсын.
3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң санааты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.

17.02.2022 09:42:56 352