Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери, жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы есабаты ҳаққында.

17.02.2022 09:41:04 262 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери, жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы есабаты ҳаққында.

Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери ҳәм жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында» ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығының орынбасары Б.Орынбаевтың жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери ҳәм жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый жағдайлар туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районлық ишки ислер бөлимине пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары басшылары менен биргеликте:
– аймақларда жүз берген жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын үйренип шығыў, ҳуқыққа қылаплық ҳәрекетлерди келтирип шығарған себеплерди анықластырыў ҳәмде жуўапкер лаўазымлы шахслардың ҳәрекетсизлигине тийисли баҳа берип барыў ҳәм шаралар көриў;
– ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жумысларында тийисли органлар мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм олардың бирге ислесиўин шөлкемлестириўде тәсиршең ис-иләжлар белгилеў ҳәм орынланыўын қадағалап барыў тапсырылсын.
3. Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимине (А.Сейтимбетов), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў орынларына;
-райондағы барлық аўылларда ҳәм мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықтың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ис-илажлар режесин ислеп шығыў ҳәмде орынланыўын тәмийинлеў;
– райондағы ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте ҳәр бир жынаят бойынша аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм усы аймақта жасаўшы пуқаралар арасында жынаяттың келип шығыўына имканият жаратылып атырған жағдайларды анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда жол қоймаў мақсетинде түсиндириў жумысларын алып барыў тапсырылсын.
4. Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Н. Адилбековқа район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында есабат берип барыўға миннетленсин.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқык мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

17.02.2022 09:41:04 263